🧙Конкурс сказок!
>>Косык катарлары<<
(OFF) _524_Mc_Aza 17 дек 2014

Каракалпакты коп мактама козимше

ҚАРАҚАЛПАҚТЫ КӨП МАҚТАМА КӨЗИМШЕ
«Бир халық көрдим, жүреги
Көринер қабырғасынан»
(Михаил Луконин.)

Қарақалпақты көп мақтама көзимше, Қармаққа тез қабатуғын балықпан.
Ҳәр кимниң бар әззи жери өзинше,
Шортанымдай аңқылдақлаў халықпан.
Бул кисини көзге мақтаўдан көре,
Пайдалырақ минин таўып сөккениң.
«Қарақалпақ жақсы халық» дегенге
Бабам шешип берип кеткен шекпенин.
Жалғыз атын сойып берип қонаққа,
Жаяў қалып бул халық талай тарыққан,
Соны айтып мақтайғойсаң бирақта,
Оннан да зорын көрсететин халықпан ...
Беглиги көп йошып кетсе бул халық,
Дәстанларды қойдай дизип матаған.
Ҳәмме халықты қарақалпақтан шығарып, Өз тарийхын баслар Адам атадан ...

Мийнет десе жең түринген палўандай, Арбаға таў тийе десе тийеген.
Дослық десе жулдыз таўып алғандай. Халқымның ак көкирегин сүйемен.

Жек көрсе ол, «жек көремен сени» - деп, Саған барып айтпағанша тынбайды.
Бир пул тапса, «бай деп санаң мени» деп, Есип жумсап қуртпағанша тынбайды.

Сумлық қылса сыр алдырар баладай,
Кеўилшеклик минезине күйемен.
Ал енди онық кең жазийра даладай
Азаматлық кең пейилин сүйемен.

Тайын мақтап, атын минсең - сынамас, Мен бул халықтың минезине қанықпан. Кеўлим мениң Жәйҳун менен сағалас,
Ҳәр нәрсеге йошатуғын халықпан.

Жыллы сөз еситип көрмей жасында,
Өгей өскен бала кəмалға келди.
Ленин берген дəўлети бар басында,
Мақтанарлық жағы көп оның енди.

Жақсы сөзге жан семирер деген бар,
Хошаметке ҳәр ким ҳәўес өзинше.

Сондадағы өтинемен, адамлар:
Қарақалпақты көп мақтамаң көзимше ...

Комментарии (1)

Ибрайым атанын косыгы
Показать комментарий
Скрыть комментарий
Для добавления комментариев необходимо авторизоваться
>>Косык катарлары<<
Танки. Стальной легион
Десятки видов техники, тяжелые бои и секретные...
Тема: Светлая | Тёмная
Версия: Mobile | Lite | Touch | Доступно в Google Play